Бажыхана уйымлары тәрепинен нәшебентлик затлардың нызамсыз айланысына қарсы системалы түрде арнаўлы илажлар алып барылмақта.Әсиресе, бул бағдардағы илажлар, басқа тараўлар менен тығыз байланыста, биргеликте әмелге асырылса, өзиниң кеўилдегидей нәтийжесин бере алады.
Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаяты бажыхана басқармаларының Контрабандаға қарсы гүресиў ҳәм бажыхана аудити бөлимлериниң оператив ўәкиллери жол ҳәрекети қәўипсизлиги хызметкерлери менен биргеликте өткерген оператив илаж даўамында, Хорезм ўәлаятында нәшебентлик затлардың нызамсыз айланысы бойынша бир факт анықлады.
«Самарқанд-Беруний» жөнелисиндеги «Кобальт» маркалы автотранспорт қуралы белгиленген тәртипте тоқтатылып, автомашина көзден өткерилди. Усы автомашинада жолаўшы сыпатында киятырған пуқара Қ.М. өзиниң қарнына таза салмағы 1,022 килограммға тең болған «героин» нәшебентлик затларын скотч пенен орап алғаны анықланды.
Ҳәзирги ўақытта усы факт бойынша тергеўге шекемги сорастырыў жумыслары алып барылмақта.
Қарақалпақстан хабар агентлиги
