Ташкент жаслар форумы шеңберинде Әдиллик министри Русланбек Давлетов Өзбекстанда социаллық тармақлар, ТикТок ҳәм Твиттердиң блокланыўына тийисли сораўға жуўап берди. —Шеклеўлер көп болып кетти дегени бул шеклеўлер болмаўы керек, дегени емес. Бул қай жерде болса да, орта дәрежеде болыўы керек, деп есаплайман. Социаллық тармақларға келетуғын болсақ мен информация алмасыўында еркинлик тәрепдарыман. Бугинги күнде информацияны ҳеш қашан шеклеп, оның үстине отырып, басқара алмайсыз.
Тарыйыхта гүўә. Гуттенберг 1445-жылда баспа қурылмасын ойлап тапқан, сол арқалы көпшилик миллетлердиң саўаты ашылған. Усманийлар империясы болса буннан қорқып, 18-19-әсирге шекем Гуттенберг қурылмасын мәмлекетке киргизбеген. Бул болса миллеттиң саўаты бойынша қалақ болыўына алып келген. Буның ақыбетинде санаат, ислеп шығарыў ҳәм бәсеки Европада кескин раўажланып кетти ҳәм олар ҳәр тәреплеме өсиўге еристи.
Информация алмасыўы турақлы болыўы керек, бул билимди күшейтиреди. Бирақ нызамға қарсы контент ҳәрдайым болады. Нызамға қарсы контент не? Бул терроризмге баслаўшы шақырықлар, диний кеклерди қозғатыўшы материаллар, порнография яки зорлық ҳаққындағы материаллар. Раўажланған мәмлекетлерде булардың барлығы нызам менен тәртипке салынған. Нызам менен ислесек алжаспаймыз, — деди министр.
