Владимир Путин қол қойған нызам менен, аймақлар басшыларын буннан былай президент деп атаўға шеклеў қойылды. Олардың лаўазымы жергиликли нызамлар тийкарында губернатор яки сол сияқлы атама менен атаў мүмкин, бирақ, президент деп болмайды.Нызам Татарстанда қарсылықларға себеп болды. Татарстан — басшысы президент деп аталатуғын РФның жалғыз аймағы.
Бул нызам тийкарында, сондай-ақ, аймақлық басшылар еки реттен артық сайланыўы мүмкин болды. Алдын олар мәмлекет президенти сияқлы еки реттен көп сайланыўға ҳақылы емес еди. Жаңа нызамда бул шеклеў алып тасланған.
