Усы жылдың 1-декабрь күни Қарақалпақстан Республикасы ИИМ ЖҲҚБның отряды 2- сапарбарлық топары ЖПХ инспекторы Мадетов Зафар Давлетбаевич өз үйинен хызмет орнына баратырған ўақтында Тақыятас районы Қырық жыллық көшеси бойлап, өз басқарыўындағы спарк маркалы транспорт жәрдеминде ҳәрекетленип баратырғанында жолдың қарама-қарсы тәрепинен бир топар болып ҳәрекетленип киятырған автомашина басқарыўшыларын тоқтатқан ҳәм жол ҳәрекети қағыйдаларын бузып келгенлигин айтып ескерткен. Сол ўақытта айдаўшылар тәрепинен З.Мадетовтың автомашинасы жанына барып өз-ара жәнжел келип шыққан ҳәм инспектордың ар-намысына тийетуғын сөзлер менен ақыретлеген, сол ўақытта үшинши шахс тәрепинен видеоға алынып, социаллық тармақларға тарқатып жиберилген.
ҚР ИИМ ЖҲҚБ Баспасөз хызмети
