logo

ЖООда қысқы дем алыс күни анық болды

Өзбекстан Республикасы Жоқарғы ҳәм орта билимлендириў министрлиги ЖООлар, академиялық лицейлер ҳәм профессионал билимлендириў мәкемелериндеги қысқы дем алыс ҳаққында мағлыумат берди. 

Оған көре, студент ҳәм оқыўшылар 28-декабрден қысқы дем алысқа шығады. ЖОО студентлери, академиялық лицей ҳәм профессионал билимлендириў мекемелери (кәсип-өнер мектеби, колледж ҳәм техникумлар) оқыўшылары ушын 2021-жыл 28-декабрден, 2022-жыл 10-январға шекем қысқы дем алыс етип белгиленди.

Сабақ процесслери 2022-жылдың 11-январынан басланады.

Еслетип өтемиз, мектеп оқыўшылары ушын || шеректиң соңғы күни 27-декабрь есапланып, 28-декабрь күни қысқы дем алыстың биринши күни есапланады.

Халық билимлендириў министрлигиниң мәлим етиўинше, дем алыс 14 календарь күн, яғный 2022-жыл 10-январға шекем даўам етеди.

Соңғы жаңалықлар