Бас прокуратура жанындағы Департаменттиң Қарақалпақстан Республикасы Тақыятас районы бөлими тәрепинен өткерилген тергеўге шекемги тексериў нәтийжесинде усы районда мәмлекетлик дизимнен өткерилген «OMEGA TREYD BIZNES» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң лаўазымлы шахслары 2020-жылдың жуўмағы бойынша мәмлекетлик салық инспекциясына салық есабатларын билқастан тапсырмастан, жәми 1418,9 миллион сумлик салық төлемин төлемей келгенлиги анықланды.Буннан тысқары, усы жуўапкершилиги шекленген жәмийеттиң лаўазымлы шахслары Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2002-жыл 5-майдағы «Нақ пул қаржыларының банктен тысқары айланысын қысқартыў илажлары ҳаққында»ғы қарары талапларын қатаң түрде бузған. Атап айтқанда, қадағалаў касса машинасынан пайдаланбастан, 2020-жылда сатып алынған ликвидли товарлардың саўдасынан түскен 5136,3 миллион сум нақ пулларды банкке тапсырмастан, жүдә көп муғдарда саўда қағыйдалары бузылған.
Бул жағдай бойынша «OMEGA TREYD BIZNES» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң лаўазымлы шахсларына Жынаят кодексиниң тийисли статьялары менен жынаят иси қозғатылып, айыпкерлер жынайый жуўапкершиликке тартылды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги
