logo

​Шоманайда жаңа мешит қурып питкерилди

Шоманай районы «Дийқанабад» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жаңадан қурып питкерилген «Сапар ата» жәмәәтлик мешитиниң ашылыў салтанаты болып өтти. Бул ҳаққында «Paziylet.uz» веб-сайты хабар берди.

Илажға Қарақалпақстан мусулманлары қазыятының қазысы Ш.Бауатдинов, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси дин ислери бойынша бас қǝнигеси Н.Жамалов, Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги бөлим баслығы А.Өтеўлиев, имам-хатиблер ҳǝм аўыл турғынлары қатнасты.

Солай етип, Қарақалпақстанда жумыс алып барып атырған мешитлердиң саны 59 ға жетти.

Еслетип өтемиз, буннан алдын Шымбай районында «Юсип ата» жәмәәтлик мешити жаңадан қурып питкерилгени ҳаққында хабар берген едик.

Қаракалпақстан хабар агентлиги

Соңғы жаңалықлар