logo

Коррупцияға тийисли жынаятларды ислеген шахслардың мәмлекет хызметине қабылланбаўы белгиленди

Олий Мәжлис Нызамшылық палатасының мәжилиси болып өтти. Мәжилисте депутатлар "Мәмлекет пуқаралық хызмети ҳаққында"ғы нызам жойбарын биринши оқыўда талқылады.

Нызам жойбары менен мәмлекет пуқаралық хызметин тәртипке салыў ҳәм тийисли субъекттлердиң ўәкилликлери, мәмлекет пуқаралық хызметкериниң мәртебеси, әдеп-икрамлылық қағыйдалары, оның ҳуқықлары ҳәм мәжбуриятлары ҳәм жуўапкерлиги белгиленбекте.

Нызам жойбары мәмлекет пуқаралық хызмети системасында коррупцияға қарсы гүресиў, мәмлекет пуқаралық хызметине кириў, оны өтеў ҳәм таўсылыўының бирден-бир қағыйдаларын жаратыў нәзерде тутылған.

Усы ҳужжетте сондай-ақ, биринши рет мәмлекет пуқаралық хызметкерлериниң мәртебеси институты енгизилип атыр.

Усының менен бирге, жойбарда мәмлекет хызметкерлериниң дәраматы, мал-мүлкти декларациялаў, коррупцияға тийисли жынаятларды ислеген шахслар мәмлекет пуқаралық хызметине қабылланбаўы сыяқлы нормалар өз көринисин тау́ып атыр.

Мәжилисте нызам жойбары биринши оқыўда қабыл етилди.

Соңғы жаңалықлар