logo

Жаңа жылды мүнәсип күтип алыўы ушын жәрдем көрсетилмекте

Социаллық қорғаўға мүтәж шаңарақлардың турмыс дәрежесин жақсылаўға қаратылған илажларды даўам еттириў, олардың жаңа жылды көтериңки руўхта ҳәм мүнәсип күтип алыўын тәмийинлеў мақсетинде, Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Халықтың кем тәмийинленген қатламларын қоллап-қуўатлаў ҳәм социаллық қорғалыўын және де күшейтиўдиң қосымша илажлары ҳаққында»ғы қарары тастыйықланып, оған муўапық орынларда бир қатар илажлар өткерилмекте.

Тийисли министрликлер менен мәкемелер тәрепинен усы қарар талаплары тийкарында қәлиплестирилген социаллық қоллап-қуўатлаўға мүтәж бир қатар шаңарақлардың жағдайынан хабар алынбақта.

Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлигиниң басшылары жаңа жыл байрамы алдынан Нөкис қаласы 2–сектор аймағындағы «Ҳаўа жолы» мәкан пуқаралар жыйынына барды.

Президентимиздиң арнаўлы «Жаңа жыл қутлықлаўы» оқып еситтирилип, қарар талаплары тийкарында шаңарақларға 800 мың сум муғдарында бир мәртелик материаллық жәрдем пуллары тапсырылды.

Қарарға муўапық, усындай бир мәртелик жәрдемлер «Темир дәптер» дизиминде бар шаңарақларға, 18 жасқа шекемги перзентлери бар бағыўшысын жоғалтқанлық пенсиясын ямаса напақасын алыўшы шаңарақларға, майыплығы болған 18 жасқа шекемги перзенти бар шаңарақларға берилмекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги

Соңғы жаңалықлар