Өзбекстан Республикасы Мийнет кодексиниң 287-статьясына кɵре, бала туўылғанда бир мəрте берилетугын напака тɵлеми, ҳəр бир туўылған бала ушын берилетуғын напақа муғдары ҳəм оны тɵлеў тəртиби нызам ҳүжжетлери менен белгилеп қойылыўы кɵрсетилген. Усы напақа мийнетке ҳақы тɵлеўдиң ең кем муғдарының 70,3 проценти муғдарында белгиленген.Бунда пукаралар туўылғанлық гүўалығын алыў ушын ПҲАЖ бɵлимлерине мүрəжат еткенде, бала ҳəм ата-анасы туўрысындағы электрон мағлыўматлар арнаўлы электрон система арқалы автоматластырылған тəризде пенсия жамғармасына жибериледи. Соннан кейин, пуқараға қысқа мүддетте қол телефонына СМС-хабар келеди. Усы СМС-хабар келгеннен кейин, пуқаралар тек ғана паспорт пенен қəлеген "Халык банк" филиалына барып белгиленген сүйинши пулларын алып кетиўи мүмкин. Қанлыкɵл районы бойынша 2021-жылдынң июнь айы даўамында жəми 82 пуқараларға 39663,5 мың сўм муғдарында перзент туўылғанда берилетуғын бир мəртелик напақа пуллары тɵлеп берилген.
А.Қалниязов,
Бюджеттен тысқары Пенсия қоры
Қанлыкөл районы бөлими баслығы.
Қанлыкөл районы ҳәкимлиги
