Мәжбурий орынлаў бюросы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы Тақыятас балалар үйине байрам саўғалары тарқатылды.Жаңа жыл кирип келиўине де санаўлы күнлер қалды. Сол себепли балаларымызға умытылмас мәўритлерди сыйлаў мақсетинде, усы жылдың 29-декабрь күни Мәжбурий орынлаү бюросы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы, Тақыятас районындағы балалар үйине барып, тарбияланыўшыларға басқарма системасындағы барлық хызметкерлер атынан байрам саўғалары берилди.
Бул илажда балаларға байрам саўғалары үлестирилип, соның менен бирге кишкентайлардың саламат үлкейиўи ушын түрли витаминларға бай балалар азықлықлары ҳәм ҳожалық өримлери саўға етилди.
Бундай илажлар Бюро органларының барлық буўынларында жақсы дәстүрге айланып, ҳәр жылы балаларға аз болса да итибар ҳәм меҳир көрсетилмекте.
