Сирдарьяда 5 кунлик нәрестени 5 мың долларға сатпақшы болған ҳаялға қарата суд ҳукими оқылды. Бул ҳаққында UzNews хабар бермекте. Қашқадарьялы Б.А усы жылдың 8-октябрь күни қыз перзент көрип, 5 күнлик нәрестени 13-октябрь күни Гулистонда илажға ҳәрийдар сыпатында шақырылған Сирдарья ўалаяты ИИБ хызметкерине $5 мың ға сатыўға келискен. Баланы тапсырып, ИИБ хызметкеринен алдыннан келисилген, арнаўлы химиялық ислеў берилген пулды алған ўақтында далийллер менен қолға алынды.
Суд бәрше дәлийллерди уйренип шығып, Б.А.ға 5 жыл мүддетке азатлықтан айырыў жазасын тайынлады ҳәм адам саўдасы қурбаны болған нәресте ўасийлик органларына тапсырылды.
