2022-2026-жылларға мөлшерленген раўажланыў стратегиясын 2022-жылда әмелге асырыў бойынша "Жол картасы" жойбарына көре, тараўдағы бар болған кәрхәналардың ислеп шығарыў қуўатларын асырыў мақсетинде:Жаңа бирлескен глобал платформасына ("GEM") өтиў арқалы жыллық қуўаты 190 мың дана болған 2 жеңил автомобил моделин ислеп шығарыўды баслаў;
"UzAuto Motors" АЖ Хорезм ўәлаяты филиалының автомабиль ислеп шығарыў қуўатын 70 мыңнан 100 мыңға шекем асырыў режелестирилмекте;
Буннан тысқары, экспорт көлемин 2026-жылға дейин 1 млрд АҚШ долларына жеткериў бойынша "Жол картасы" ислеп шығарылады.
Бунда:
ислеп шығарылатуғын автомобиллерди шет мәмлекетлерде SKD технологиясы тийкарында ислеп шығарыўды шөлкемлестириў;
"Нексия" маркалы автомобиллерди Қазақстан Республикасында толық циклда (CKD) ислеп шығарыўды жолға қойыў арқалы жылына 30 мың данаға шекем машинакомплектлер экспортын әмелге асырыў нәзерде тутылған.
