logo

Енди шет елге шығыўға шеклеўди телефоннан тексериў мүмкин

Енди өзбекстанлылар шет елге шығыўға шеклеўди телефон арқалы билип алыўы мүмкин. Бул ҳаққында Мәмлекет хызметлери агентлиги (МХА) баспасөз хызмети хабар бермекте.

Айтылыўына қарағанда, бес түрдеги мәмлекет хызметинен мобил байланыс арқалы USSD сораўы жәрдеминде пайдаланыў имканияты жаратылған.

Бақшаға нәубет;
орынлаў ҳүжжети бойынша қарыз;
кадастр объектине тыйым;
шет елге шығыўға тыйым;
исбилерменлер мағлыўматы.

Бул мағлыўматларды автоматикалық усылда, нәубетсиз ҳәм арзасыз алыў мүмкин.

Буның ушын телефон арқалы *1148# USSD сораўын жибериў ҳәм менюдан керекли хызмет түрин таңлаў орынлы. Сораў баҳасы 49 сўмды қурайды.

Хызмет ҳәзирде сынаў сыпатында жолға қойылған. Хызметлер саны басқышпа-басқыш асырылып барылады.

Соңғы жаңалықлар