Туризм ҳәм спорт министрлигиниң мәлим етиўинше, усы жыл республика көлеминдеги спорт жарыслары менен қамтып алынатыўғынлар саны 56 мың 995ке жетиўи күтилмекте.Өткен жылы болса 53 мың 153ти қураған еди. Мәмлекетимиз спортшыларының халықаралық жарыслардағы қатнасы өткен жылы 2 мың 167ни қураған еди. Бул жыл 2 мың 450 спортшы жәҳән ареналарында Ўатанымыз абыройын қорғаўы күтилмекте.
2021-жылда спортшыларымыз халықаралық жарысларда қолға киргизген медаллары 629 болған. Соннан 146 сы алтын, 178 и күмис, 305 и бронза.
Буннан тысқары, 2022-жылы паралимпия спорт түрлери бойынша 44 республика жарыслары, 11 жәҳән чемпионаты елимизде өткизилиўи режеге көре белгиленген.
