Бир қатар товарлар, соның ишинде, гөш, сары май ҳәм ун импорты бойынша бажылар бийкар етилди.Бул Өзбекстанның 2022-жылғы мәмлекетлик бюджет ҳаққындағы нызамының орынланыўын тәмийинлеў илажлары ҳаққындағы президент қарарында нәзерде тутылған.
Бул өнимлер ушын ставкалар 5 процент ҳәм 20 процент арасында еди.
Еслетип өтемиз, 2021-жылдың 1-майынан баслап өсимлик майы, айғабағар туқымлары және зығыр ҳәм соя импорты, сондай-ақ, өсимлик майын ислеп шығарыў ҳәм (ямаса) сатыў айланысына (пахта майынан тысқары) ҚҚС ставкасы нольге теңлестирилген еди.
2021-жылдың 10-октябринен 31-декабрине шекемги дәўирде гөш (мал, қой, таўық), тири ҳайўанлар (қара мал ҳәм қус) ҳәм оларды сойыўдан алынған өнимлерди, картошканы және музлатылған балықты реализациялаў бойынша айланыс ҳәм оларды мәмлекет аймағына алып кириў ҚҚСтан азат етилген еди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги
