logo

Қоңыратта сексеўил өскен көпирди еситкенсиз бе?

Республикамыздың ең шетки аймақларының бири Қоңырат районында өзгеше көпирди көриўимизге болады. Оның ең итибарлы тәрепи сонда, көпирдиң еки шети сексеўил менен оралып, өзгеше көринисти пайда етип турыпты.
Көпир тарыйхына келeтуғын болсақ, ол 1974-жылы қурып питкерилген ҳәм соннан берли халқымызға хызмет етип келмекте. Көпир тийкарынан поезд жол үстинен өткен ҳәм оның бийиклиги 14 метр шамасында. Үстки тәрепиниң узынлығы 680 метр, ал төменги яғный, поезд өтетуғын бөлегиниң узынлығы болса 51 метрди қурайды.

Көпир 4R-173 Қоңырат-Мойнақ автомобиль жолының 0.4-километринде жайласқан. Ол жерге сексеўил егиўден тийкарғы мәқсет, қум көтерилиўи ямаса көпир умырап кетпеўи ушын тиргек болып есапланады деседи.
Бул көпирде көплеген реконстукция жумыслары алып барылды. Сол менен бир қатарда «Қорақалпоғистон Республикаси кўприкларни ободонлаштириш» унитар кәрханасы хызметкерлери күнди күн, түнди түн демей өзиниң бар күш ғайраты менен көпир абаданлығы жолында хызмет етпекте.

Дерек: Zaman.uz
Бекберген Адилбаев | Қоңырат

Соңғы жаңалықлар