logo

Қарақалпақстан Республикасы Суў хожалығына министр ўазыйпасын атқарыўшы тайынланды

Усы жылдыӊ 7-январь күни Қарақалпақстан Республикасы Суў хожалығы министрлигинде усы министрликке қараслы мәкеме, шөлкем, кәрхана басшылары қатнасында мәжилис болып өтти.

Мәжилисти Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеӊеси Баслығыныӊ аўыл ҳәм суў хожалығы мәселелери бойынша орынбасары Дәрьябай Қайпов ашты ҳәм басқарып барды.

Онда дәслеп шөлкемлестириў мәселеси көрип шығылды ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Суў хожалығы министри ўазыйпасын атқарыўшы лаўазымына Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Суў хожалығы объектлериниӊ қәўипсизлигин қадағалаў мәмлекетлик инспекциясында ислеп киятырған Шавкат Алимбаевич Примов тайынланды.

Соӊынан Өзбекстан республикасы Суў хожалығы министриниӊ орынбасары Рустам Қаршиев Шавкат Примовтыӊ өмир баяны менен таныстырып өтти.

1968-жылы Беруний районында елимизге белгили жәмийетлик искер Алымбай Примовтыӊ шаӊарағында туўылған Шавкат Примов 1988-1993-жыллары Ташкент ирригация ҳәм аўыл хожалығын механизациялаў инженерлери институтында тәлим алып,өзиниӊ мийнет жолын суў хожалы2ы тараўында ислеўден баслайды. Соӊынан 1997-2001-жыллары Өзбекстан Республикасы Аўыл ҳәм суў хожалығы министрлигиниӊ мелиорация басқармасында бас қәниге, 2003-2006-жыллары усы министрликтиӊ жерлерди мелиорациялаў басқармасы баслығыныӊ орынбасары , 2006-2009-жыллары усы басқарманыӊ баслығы, 2009-2013-жыллары Өзбекстан Республикасы Аўыл ҳәм суў хожалығы министрлигиниӊ Жиззақ ҳәм Сырдәрья ўәлаятларыныӊ суўғарылатуғын жерлердиӊ суўғарыў тармақлары ҳәм мелиоратив объектларди қайта оӊлаў жойбары басшысы, 2013-2014 йиллар «Ўзсувлойиҳа» ашық акционерлик жәмийети баслығы, 2016-2018-жыллары «Ўздавсувхўжаликназорат» инспекцияси сыӊар меӊгериўшиси сыяқлы лаўазымларда хызмет еткен. Ш.Примов 2018-жылдан ҳәзирги күнге шекем «Ўздавсувхўжаликназорат» мәмлекетлик инспекциясы Эксперт кеӊесиниӊ Диагностика орайы баслығы лаўазымында ислеп киятырған еди.

Мәжилисте Мәжилисти Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеӊеси Баслығыныӊ аўыл ҳәм суў хожалығы мәселелери бойынша орынбасары Дәрьябай Қайпов бүгинги күнда шор жуўыў жумысларына жерлерди таярлаў ҳәм насос станцияларын суўғарыў мәўсимине таярлаў мәселелерине де тоқталып, әмелге асырылыўы тийис ўазыйпаларды белгилеп берди.

Өз гезегинде мәжилисте Шавкат Примов та шығып сөйлеп, өзине билдирилген жоқары исенимди толық ақлап, суў хожалығында алып барылыўы тийис ўазыйпаларды өз ўақтында ҳәм сапалы орынлаў ушын өзиниӊ бар күш-жигерин жумсайтуғынлығын айтып өтти.


Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги

Соңғы жаңалықлар