logo

Бобур Бабамурод қосықшы Фархад хәм Шыйрынды Судқа берди

Шайыр Бобур Бабамурод қосықшы Фархад ҳәм Шыйрыннан олар қосық етип айтқан ҳәм өзи тәрепинен жазылған қосықлар ушын авторлық ҳуқықын талап етип атыр, интеллектуаллық мүлк агенлигине мүрәжаат жиберди.

Мәлим болыўынша, қосықшылар Фархад ҳам Шыйрын жуплығын жаратқан шайырды үстаз ретинде тән алмай атыр, бул болса шайыр тәрепинен оларға салыстырғанда тыйым қойылыўына себеп болған. Шайыр жүплық тәрепинен орынланған 50 ден артық қосық жазған. Ол Әдиллик министрлиги жанындағы интеллектуал мүлк агенлигине өзине тийисли болған "Фархад ҳәм Шыйрын" хызмет көрсетиў белгисинен оның ҳуқықый ийеси разылығысыз пайдаланып келинип атырған жағдайы бойынша шақырық киргизген. 

Интеллектуал мулк агенлиги пүқаралар С.Ф ҳәм З.Ш тәрепинен шайырға тийисли болған "Кеўлим бәхәри", "Түрмыс" атлы қосықлар дөретпелер авторы менен шәртнама дузбестен, оның разылығысыз орынланғаны  ҳәм көпшилик итибарына жеткизилгени, бүның нәтийжесинде авторлық ҳүқықы бузылғанын анықлаған. Соның менен бирге, ҳүқықый ийесине тийисли болған товар белгисинен оның ийеси менен шәртнама дүзбей пайдаланыў гүзетилген.

Агентлик тәрепинен үсы жағдай бойынша ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққында протокол рәсмийлестирген ҳәм тийисли судқа жиберген.

Соңғы жаңалықлар