logo

Қазақстанда 10-январь улыўма миллий азалаў күни деп жәрияланды

Қазақстан президенти Қасым-Жомарт Тоқаев өз халқына жоллаған мүрәжатында 10-январьды мәмлекетте жүз берген тәртипсизлик, митинг қурбанлары естелигине улыўма миллий азалаў күни деп жәриялады.

Бул ҳаққында мәмлекет басшысының баспасөз хаткери Берик Ўәли мәлим етти.

«Республиканың бирнеше аймақларын қамтып алған аянышлы ўақыяларда көпшилик адамлар қайтыс болғаны себепли Қазақстан президенти Қасым-Жомарт Тоқаев 2022-жыл 10-январьды улыўма миллий азалаў күни сыпатында жәриялаўға қарар етти», - деп жазылған баянатта.

Қарақалпақстан хабар агентлиги

Соңғы жаңалықлар