logo

Блогер Дониёр Қаюмов жаўапкершиликке тартылды

Усы жылдың 1-январ күни танықлы блогер Дониёр Қаюмов өзиниң бир қатар дослары менен көп қабатлы үйлер жанында пиротехника қуралларынан пайдаланып атырғанлығын видеоға алып, оны социаллық тармақлар арқалы тарқатқан. Усы жағдай саат 05:00 әтирапында жүз берген ҳәм адамлардың тынышлығын бузған.

Соннан кейин, пиротехника қуралларының пайдаланылыўы үстинен ҳуқық-қорғаў органларына халықтан мүрәжәт келип түскен. Ташкент қалалық ИИБ жағдай жүзесинен тексериў алып барып, адамлардың тынышын бузғанлар анықлады. Алып барылған тез илажлар даўамында жәмийет тынышлығын бузған шахслар ким екенлиги анықланған.

Жасым 22 де. 1-январь саат таңғы 4:30да. Адамлардың кейпиятын көтериў ҳәм Жаңа жыл менен қутлықлаў ушын исленген нәрсе еди. Кеште салют атып, адамларды, қарияларды, аўырыў адамлардың тынышлығын бузғанымыз ушын —басқа қайтарылмайды — кеширим сораймыз", дейди блогердиң өзи.

Блогердиң досты берген мағлыуматларына көре, еки жигит пиротехника қуралларын Юнусободтан 300 мыңға сатып алған. 

Блогер ҳәм оның қасындағылар да пиротехника қураллары партланған аймақ турғыны болған. 

Усы шахслар Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 185-1-статьясы менен жуўапкершиликке тартылды.

Мағлыўмат ушын, усы статья менен жуўапкершиликке тартылғанлар базалық есаплаў муғдарының бес есесинен жигирма есесине шекемги муғдарда жәриймаға тартылады.

Соңғы жаңалықлар