Өзбекстан Республикасы Орайлық банки 2021-жылдың ноябрь айында дуньядағы басқа финанслық регуляторларда көбирек алтын сатқан. Бул ҳаққында Жәҳән Алтын Кеңесиниң (World Gold Council —WGG) айлық есабатында жәрияланды.Оған көре, ноябрь айында жәҳән орайлық банклериниң жәми алтын қоры 21,5 тоннаға азайған. Бул өткен жылдың басына қарағанда пәсейиў есапланады.
Алтын Өзбекстаннан (21,5 тонна) сыртта Туркия (7 тонна), Россия (3,1 тонна) ҳәм Қырғызстан (1,4 тонна) Орайлық банклери тәрепинен актив сатылған.
Бирақ, бир неше регуляторлар алтын қорын көбейтти. Ноябрь айында қымбат баҳалы металлардың ең белсенди сатып алыўшылары Қазақстан (4,3 тонна), Польша (3,4 тонна) ҳәм Ҳиндистан (2,8 тонна) Орайлық банклери болды.
Мәмлекет статистика комитетиниң хабар бериўинше, 2021-жылдың январь-ноябрь айларындағы алтын саўдасы Өзбекстан Орайлық банкине 4,1 млрд доллар дәрамат келтирген ҳәм усы сумманың 40% тен артығы ноябрь айына туўры келеди.
