Өзбекстанда барлық мектеплердиң оқыўшылары ушын қысқы дем алыс мүддети 2022-жылдың 24-январь күнине шекем узайтылды. Бул ҳаққында ӨзР Халық билимлендириў министрлиги хабар берди.Министрлик буған себеп сыпатында системада жумыс ислеп атырған мектеп директорлары ҳәм олардың орынбасарлары және муғаллимлердиң Миллий оқыў бағдарламалары тийкарында қәнигелигин жетилистириў курсларын шөлкемлестириў, сондай-ақ, оқыўшы-жаслар арасында мәўсимлик грипп кеселлигиниң кескин көбейиўиниң алдын алыў екенлигин көрсетип өткен.
Хабарда жазылыўынша, дем алыс күнлери онлайн пән олимпиадалары, интеллектуал ойынлар, китапқумарлық таңлаўлары өткерилип, Миллий телерадиоканаллар арқалы ҳәр қыйлы дөгереклердиң жумыслары жолға қойылады.
Ислам Матеков,
Karinform.uz.
