Мектеп оқыўшылары ушын берилетуғын қосымша дем алыс күнлери даўамында халық тәлими системасында искерлик жүргизип атырған педагог ҳәм басқа хызметкерлерге әмелдеги ис ҳақы төлемлери сақланған түрде төленеди, яғный айлық ис ҳақысына тәсир етпейди. Халық билимлендириў министрлиги баспасөз хызмети Өзбекстанда мектеплерде де қысқы дем алыс 24-январға шекем узайттырылғанын мәлим еткен еди.
Өзбекстанда ЖОО студентлери ҳәм мектеп оқыўшылары ушын қысқы дем алыс 28-декабрден басланған еди.
