Соңғы ўақытларда адамлардың исенимине кирип, өзлерин «от өшириўши ҳәм моры тазалайтуғынлар» деп таныстырып, көплеген пуқаралардың пулларын өзлестириўи жағдайлары ушырасып атыр. ❗️Сатыўшы (атқарыўшы) тутыныўшысы ақша орнына қосымша товарлар сатып алыўға ямаса қосымша хызметлерден пайдаланыўға мәжбүрлеўге, соның менен көрсетилмеген хызметлер ушын ақша алыўға ҳақылы емес («Тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў ҳаққында»ғы Нызамның 21-статьясы).
❓ӨРТТИҢ АЛДЫН АЛЫЎ БОЙЫНША ҚАНДАЙ ПУЛЛЫ ХЫЗМЕТЛЕР КӨРСЕТИЛЕДИ?
❗️Өзбекстан Республикасы Айрықша жағдайлар органлары ҳәм структуралары тәрепинен юридикалық ҳәм физикалық шахсларға көрсетилетуғын пуллық хызметлердиң дизимине (дизим номери 3184, 2019-жыл 20-сентябрь) тийкарынан, адамларға өрт қәўипсизлиги иләжларын қоллаўды үйретиў, морыларды тазалаў ҳәм сол сыяқлы басқа хызметлерди көрсетиў мүмкин.
❗️Усы пуллық хызметлер халықтың ӨЗ ҚӘЛЕЎИ МЕНЕН МҮРӘЖАТЫ ТИЙКАРЫНДА КӨРСЕТИЛЕДИ.
❗️ Нызамшылыққа көре бул сыяқлы хызметлер коммерция ҳәм коммерциялық болмаған шөлкемлери тәрепинен де көрсетилиўи мүмкин. Бунда адамларды шәртнама дүзиўге мәжбүрлеўге жол қойылмайды.
❗️Ҳүрметли тутыныўшылар жоқарыдағы сыяқлы жағдайға түскениңизде комиттеттиң 61-222-30-11 телефон номери ямаса @istemolchigovuz_bot'ы арқалы мүрәжат етиўиңизди сораймыз.
Қарақалпақстан Республикасы Монополияға қарсы гүресиў комитети
