logo

Қорқытыў жолы менен пул талап еткен пуқара усланды

Усы жыл 5-январь күни саат 19-00лар шамасында Әмиўдәрья районы «Тасқала» мәкан пуқаралар жыйынында жасаўшы 34 жастағы Ж.Д. жақынларына тийисли болған фермер хожалығында ис басқарыўшы болып ислейтуғын 60 жастағы Х.Х.ның жумысынан кемшилик таўып, оны жоқары турыўшы шөлкемлерге шағым етиў менен қорқытады.

Жумысты басты-басты қылыў ушын басқа бир пуқара арқалы ҳийлекерлик пенен оннан 3 миллион сум пул талап етеди. Соннан 2 миллион сум пулды алған ўақытта Әмиўдәрья районы Ишки ислер бөлими хызметкерлери тәрепинен өткерилген оператив илаж ўақтында усланады.

Бул жағдай бойынша Әмиўдәрья районы Ишки ислер бөлими жанындағы Тергеў топары тәрепинен Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 165-статьясы 1-бөлими менен жынаят иси қозғатылған.

Ҳәзирги күнде бул жағдай бойынша тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.

Қарақалпақстан хабар агентлиги

Соңғы жаңалықлар