Бүгин, 19-июль – дүйшемби, бәрше ушын жумыс күни. Ҳәптесине 5 күн жумыс ислейтуғынларда, 6 күн жумыс ислейтуғынлар да бүгин жумысқа шығыўы керек.Мийнет кодекси 121-статьясына байланыслы, байрам (жумыс ислемейтуғын) күнлери қарсаңында күнделикли жумыс (смена) мүддети бәрше жумысшылар ушын кеминде бир саат қысқартылады.
Ертең Қурбан Ҳайытының биринши күни, яғный дем алыс күни, бүгин болса арафа. Демек, бүгин жумысқа шыққан бәрше жумысшылар 1 саат ертерек қайтыўға нызамлы ҳаққысы бар.
Хушнудбек Худойбердиев
