15-июнь күни пуқаралық ислери бойынша Мирзо Улуғбек районлар ара судының ис жүргизиўине даўагер Тажимуратов Даўлетмурат Мирзамуратовичтиң жуўапкер Усманова Юлдуз Ибрагимовнаға ар-намыс ҳәм миллет қәдирине жеткерилген зыянды қаплаў ҳаққындағы арзасы келип түскен. Бул истиң кейинги барысы ҳаққында Ташкент қала судларының Мәлимлеме хызмети мағлыўмат берди.Суд иси 7-июль күнине белгиленген болып, Ю.Усмонаваниң наўқаслығы себепли исти көриўди кейинге қалдырыў бойынша арзасы менен мүрәжат еткен.
Соған тийкар, суд мәжлиси 2021-жыл, 16-июль күнине қалдырылған, бул ҳаққында тәреплер тийисли тәртипте ескертилген.
Усы пуқаралық иси бойынша даўагер Д.Тәжимуратов пуқаралық ислери бойынша М.Улуғбек районлар ара судына қоңыраў етип, самолёт ушпағаны себепли, районлар ара Нөкис суды имәратында ВКА режиминде қатнасыўы ҳаққында судқа илтимаснама кириткени себепли 16-июль сәнесинде суд мәжлиси усы режимде тәреплер қатнасыўында көрилди.
Дәслеп суд қурамы жәрияланды, тәреплер наразылық бермеди ҳәм раддиялар келтирмеди.
ВКА режиминдеги суд мәжлисинде даўагер Д.Тәжимуратов, жуўапкер ўәкили адвокат Э.Убайдуллаев ҳәм де еркин гүзетиўшилер – Жоллыбай Бекназаров ҳәм Есемурат Есбоғанов қатнасты.
Суд мәжлисинде тәреплердиң шахсы анықланды. Даўагер жуўапкер ўәкилиниң қатнасыўына наразылық билдирип, Ю.Усманованың өзи судда қатнасыўын сорады.
Жуўапкердиң ўәкили адвокат жазба илтимаснама киритип, ис ҳүжжетлери менен танысыў ҳәм судқа таярланыў ушын ўақыт бериўин сорады.
Суд өз орнында ажрым етип, даўагердиң жуўапкер ўәкили қатнасыўына жол қоймаўы ҳаққындағы илтимаснамасын қабылламады.
Суд өз орнында ажрым етип, жуўапкер ўәкилиниң исти кейинге қалдырыў илтимаснамасын қанаатлантырды.
Суд мәжлиси ВКА режимде көрилиўи 2021-жыл, 23-июль саат 15:00 ке қалдырылды.
