Ҳәзир кимдур жумысқа, кимдур басқа машқалалары менен шаңарағынан шығып жолға атланады.Солай екен, тәбияттан бүгингидей жаўынлы-қарны қубылысларында жолдар ҳәр-бир автомашинаның қолайлы ҳәрекетлениўи ҳәм ондағы инсанлардың қәўипсизлиги үлкен әҳимийетке ийе.
Әне усы мақсетте, ҳәзирде Бозатаў районы Жоллардан пайдаланыў унитар карханасы тәрепинен жолларға дузлы-қум араласпасын шашыў жумыслары әмелге асырылмақта.
Бозатаў районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети
