logo

Өзбекстанға кириўде экспресс-тест дерлик ҳәмме ушын мәжбүрий болды, Қазақстан менен дерлик шегара жабылып атыр


15-январдан баслап Өзбекстанға кирип киятырған айрым пуқаралар да алдыннан ПЗР тест тапсырыўы, ҳәм кирип келгеннен кейин экспресс-тесттен өтиўи талап етиледи. Аэропортларда экспресс-тест баҳасы 5 доллар деп белгиленди.

Республика арнаўлы комиссиясының 9-январ ҳәм 11-январдағы қарарына муўапық, коронавирустың "омикрон" штаммы себепли 15-марттан баслап Өзбекстанға кирип келиўде жаңа тәртип орнатылған.

Сыртқы ислер министрлигиниң мағлыўматына көре:

1. 15-январдан баслап Өзбекстан аймағына кирип киятырған пуқаралар (автомобил ҳәрекети буған кирмейди) кириўден кеминде 48 саат алдын ПЗР усылында өткерилетуғын коронавирусқа кери болған тест нәтийжесин бериўи, сондай-ақ Өзбекстан аймағына кирип келиўде коронавирус инфекциясы барлығын анықлаў ушын экспресс антиген тестти тапсырыўы шәрт.

2. Қырғызстан аймағынан шегара автомобил өткериў пунктлары арқалы кирип киятырған пуқаралар кириўден кеминде 48 саат алдын ПЗР усылында өткерилетуғын коронавирус инфекциясы бойынша кери тест нәтийжесин, басқа шегаралас мәмлекетлер аймағынан кирип киятырған пуқаралар болса коронавирус инфекциясы бар екенлигин анықлаў ушын экспресс-антиген тест тапсырыўы керек.

3. Соның менен бирге, 15-январдан баслап Өзбекстанның Қазақстан менен мәмлекет шегарасын еки мәмлекет пуқараларының кесип өтиўи ўақтынша тоқтатылады.

Соңғы жаңалықлар