Тест сынақлары шөлкемлестирилип атырған оқыў жылынан алдынғы жылларда оқыў орынларын тамамлаған абитуриентлер тест сынақларында қатнасыў ушын базалық есаплаў муғдарының ярым есеси (122 мың 500 сўм) муғдарында төлемди әмелге асырыўы керек.Жеке кабинетинде берилген рухсат қағазы менен бирге инвойс пайда болған абитуриентлер дизимнен өтиў мүддети жуўмақланғанға шекем (22-июль) шекем, тест сынағы ушын төлемди әмелге асырыўы керек.
Төлемди Click, Payme, UPAY, Paynet сыяқлы электрон төлем системалары ямаса банк кассалары арқалы әмелге асырыўға болады.
Республикамызда усы жылдың 20, 21, 22- июль дем алыс күнлери деп жәрияланғанлығы себепли банк кассалары ислемеўи мүмкин.
Тест сынақлары ушын төлемди белгиленген мүддетте әмелге асырмаған абитуриентлер дизимнен өтпеген есапланады ҳәм тест сынақларында қатнаса алмайды.
Сонлықтан абитуриентлерден төлемди ўақтында әмелге асырыўын сораймыз ҳәм төлем әмелге асырылмаған жағдайда тест сынақларында қатнаса алмаўын ескертип өтемиз.
KRuz.uz
