Ҳаўа райы суўытып, қар жаўып баслағаннан соӊ автомобиль жолларында жол транспорт ҳәдийсеси қәўпи артып баратыр. Автомобиль жолларында ЖТҲ қәўпин кемейтиў, жолларда музғалақ ҳәм сырғанақлар жүзеге келиўиниӊ алдын алыў ушын оператив түрде қар жаўып атырған барлық районларда арнаўлы бригадалар дүзилип, машина-механизмлер мобилизация етилген.
Беруний, Төрткүл, Елликқала, Әмиўдәрья районларында районлық жоллардан пайдаланыў унитар кәрханалары, сондай-ақ, Елликқала ЖПУК тәрепинен қардан тазалаў ҳәм зәрүр илажларды әмелге асырыў жумыслары алып барылмақта.
Қарақалпақ Автожол
