Микрочиплар кемлиги себеп кореялық бирге ислесиўшилер магнитола жеткерип бериўди белгили мүддетке тоқтатты, деп хабар берди UzAuto Motors. Lacetti ҳәм Cobalt ушын пул төлеп қойғанларға еки түрли вариант усыныс етиледи:1. Сатып алыўшы машинасын салоннан алады, магнитоланы базардан өзи сатып алады,
Компания магнитола ҳам оны орнатыў қәрежетлерин қаплап береди. Қаплап берилетуғын сумма шегарасы көрсетилмеген.
2. Сатып алыўшы машинасын салоннан алады ҳәм магнитоласыз минип жүреди.
Қашан UzAuto Motorsқа бул қурылма жетип келсе, сонда бийпул орнатып бериледи. Бирақ ол қашан жетип келиўи белгисиз.
Еслетип өтемиз, UzAuto Motors талап күшли болған моделлар сатылыўын 1-февралға шекем тоқтатқан. 1-февралдан баҳалар көтерилиўи ҳаққындағы гәп-сөзлерге компания еле анықлық бергени жоқ.
Талап күшли болған сегменттағы машиналар баҳасы ақырғы рет 2020-жыл март айында асырылған.
