logo

Исбилерменниң пайдасына қарыздарлық өндирилди

Мәжбүрий орынлаў бюросы Қонырат районы бөлими ис жүритиўине Қонырат районларара экономикалық судының 18.10.2021-жылғы қарыздар “К” атлы жеке-менщик кәрханасынан өндириўши “NURIDDIN SAWDA” жуўапкершилиги шекленген жәмийет пайдасына жәми 118 млн. 000,0 мың сўм қарыздарлығын өндириў ҳаққындағы орынлаў ҳүжжети бөлим ис жүритиўине 22.10.2021-жылда келип түскен ҳәм орынлаў иси қозғатылған.

Орынлаў ҳәрекетлери барысында, мәмлекетлик орынлаўшы тәрепинен, қарыздар кәрханаға Өзбекстан Республикасы “Суд ҳүжжетлери ҳәм басқа органлар ҳүжжетлерин орынлаў ҳаққында”ғы Нызамның 23-статьясына тийкар, орынлаў ҳүжжетинде белгиленген қарыздарлықты сапластырыў ушын 10 күнге шекем ықтыярый мүддет берилгенлигине қарамастан, талаплар орынланбағанлығы себепли, усы Нызамның 771-статьясына тийкар орынлаў жыйымын өндириў ҳаққында қарар қабылланған ҳәмде банк есап бетлерине инкасса тапсырмасы арқалы бәнт салынған.

Нәтийжеде, қарыздар кәрханадан банк есап бетине қойылған инкасса тапсырмасы арқалы жәми 118 млн. 000,0 мың сўм қарыздарлық ҳәм орынлаў жыйымы толық өндирилип, даўагер “NURIDDIN SAWDA” ЖШЖ есап бетине өткерип берилген ҳәмде орынлаў иси әмелде орынланғанлығы себепли жоқарыдағы Нызамның 41-статьясына бола тамамланды.

Соңғы жаңалықлар