logo

Банк хызметкери өз лаўазымына тикленди

Мәжбүрий орынлаў бюросы Шымбай районы бөлими ис жүритиўине Шымбай районлараралық пуқаралық ислери бойынша судыныӊ орынлаў хатына тийкар, жуўапкер районлық банк филиалынан, талапкер Г.Ш.ны усы банк филиалына өз лаўазымына 05.05.2021-жылдан баслап қайта жумысқа тиклеў ҳәм бос жүрген күнлери ушын 12 млн. 887,7 мың сўм ис ҳақы өндириў ҳаққындағы орынлаў ҳүжжети бөлим ис жүритиўине келип түскен.

Мәжбүрий орынлаў ҳәрекетлери даўамында, тийисли тәртипте орынлаў иси қозғатылып, тәреплерге таныстырлған ҳәм жуўапкер банк филиалына суд қарары талапларының орынланыўын тәмийнлеў ушын талапнама жиберилген.
Бирақ, усы тайпадағы орынлаў ҳүжжетлериниң орынланыўы дәрҳал тәмийнлениўи шәртлигине қарамастан, филиал тәрепинен немқурайлы мүнәсибетти қаралып орынланыўы тәмийнленбеген.

Усы себепли, бөлим мәмлекетлик орынлаўшысы тәрепинен банк басқарыўшысына Өзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы Кодексиниң тийисли статьясы менен ең кем базалық есаплаў муғдарының 15 есеси муғдарында жәрийма қолланылған.

Соннан соң, алып барылған мәжбүрий орынлаў ҳәрекетлери нәтийжесинде, банк филиалы басқарыўшысының 04.10.2021-жылғы буйрығы менен Г.Ш. өз лаўазымына қайта тикленди ҳәм өндирилиўи тийис болған ис ҳақысы толық өндирип берилди. 

Нәтийжеде, орынлаў ҳүжжети талаплары әмелде орынланғанлығы себепли тийисли тәртипте тамамланды.

Соңғы жаңалықлар