logo

Ферғана ўәлаятының қала ҳәм район ҳәкимлери бозатаўда болды

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2021-жыл 17-ноябрьдеги “2022-2024-жылларда Қарақалпақстан Республикасының арқа районларында аўыл хожалығы тараўын раўажландырыў ҳәм исбилерменликти қоллап-қуўатлаў ҳаққында”ғы 03-03/1-2666-санлы жыйналыс баянламасында белгилеп берилген тапсырмалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде бүгин Фергана ўалаятының қала ҳәм районларының ҳәкимлери менен 60 жақын исбилерменлери Бозатаў районында болды.
Олар дәслеп Каракалпаксатн Республикасы Министрлер Кенеси баслыгынын орынбасарлары Н.Ерлепесов, Д.Кайпов хам район хакими М.Кайпанов басшылыгында районнын социаллык-экономикалык жагдайы, ислеп шыгарыу кууаты хам исбилерменлерге жаратылатугын имканиятлар менен жакыннан таныстырылды.
Мийманлардын сапардан гозленген тийкаргы максет, 2022-2024-жылларда уалаяттан бириктирилген 60 исбилермен ҳәм фермерлердиң жумыс баслаўы жобаластырылған болып, олар районда ауыл хожалыгы хам санаат тарауында исбилерменликти жолга койыу бойынша колайлы орталык пенен танысыудан ибарат еди.
Усыларга тийкарланып Фергана уалаятынын исбелерменлери тарепинен егислик жерлерди кайта озлестириу, суу ресурсларынан натийжели пайдалыныу хәм жерлердиң мелиоративлик жағдайын жақслаў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар менен танысыў мақсетинде мийманлар Еркиндәрья АПЖ аймағындағы "Yaypan unver Kluster" ЖШЖ тәрепинен орынланып атырған жумыслар менен танысты.
Бүгинги күнде бул ЖШЖ тәрепинен 218 гектар жер майданы ашылып, 63 гектар жер майданы тегисленген болып, 6,5 ем ишки жап-салмалар тазаланғанлығы ҳаққында мағлыўматлар берилди.
Буннан кейинги мәнзилде "Фарғона Бўзатов мева-савзоват кластери" ыссыхана ҳәм интенсив бағшылықты раўажландырыў бойынша ажыратылған жер орынлары менен танысты. Бул орында ыссыхананы раўажландырыў ушын ишки жолларды оңлаў, электр энергиясы ҳәм тәбийий газ бенен тәмийинлеў бойынша жаратылған шәраятлар ҳаққында толық мағлыўматлар берилди.
Бүгинги күнде 12 исбилерменлик субъекти мәмлекетлик хызметлер орайынан дизимнен өткерилген болып, ҳәзирги күнде 6 исбилермен тәрепинен жерлер кайта өзлестирилмекте.
Бүгинги күнде кластер тәрепинен пайдаланыўдан шығып қалған 17 гектар майдан өзлестириў мақсетинде тегисленип, 2 км ишки жап-салмалар тазаланған.
Сондай-ақ, исбилерменлер "Қусқанатаў" АПЖ аймағында "Ramz Bózatov boǵi" мийўе-палыз жөнелиси бойынша исбилермен тәрепинен өзлестириўден шығып қалған 164 гектар жер майданын өзлестириў, 5 гектар майданды шүдигарлаў ҳәм 3,5 км ишки жап-салмаларды тазалаў 
бойынша орынланып атырған жумыс барысы менен танысты.

Районда Ферғана ўәлаятының Бозатаў районындағы ўәкилликханасы дүзилген болып, исбилерменлер ўәкилханаға ажыратылған имаратта алып барылып атырған қурылыс жумысларының сапасы менен танысты. 
Буннан соң район ҳәкимлиги имараты жанында Ферғана ўәлаяты тәрепинен шөлкемлестирилген "Жасыл мәканда" шырша тереги нәллери егилди. 

Район ҳәкимлигиниң мәжилислер залында өткерилген ушырасыўда болса тийисли тараў басшылары тәрепинен егислик жер майданларын суў менен тәмийинлеў, субсидия ҳәм жеңиллетилген кредитлерди ажыратыўдағы қолайлықлар бойынша исбилерменлердиң қызықтырған сораўларына жуўаплар берилди.
Сондай-ақ, ўәлаяттың рәсмий ўәуиллери шаңарақларда үй алды қыйтақ жерлеринен нәтийжели пайдаланыў жағдайы менен танысыў мақсетинде Бозатаў ППЖ жасаўшы Әдилбай Ерназаров шаңарағында болды.
Районда ҳәр бир хожалықтың үй алды қыйтақ жерлеринен нәтийдели пайдаланыўын шөлкемоестириў, қусшылықиы раўажландырыў ҳәм ең жақсы сортлардан еккен ҳалда жүзимшиликти ен жайдырыў бойынша әмелий жәрдем бериў иләжларын көриў бойынша келисип алынды.

Бозатаў районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети

Соңғы жаңалықлар