logo

Аўыл ҳожалығы хызметкери Артықов Жаңабай Узақовичтиң қайтыс болыўына байланыслы кеўил билдириў

2022-жыл 26-январ күни аўыл хожалығы тараўында 30 жылдан аслам ўақыт мийнет еткен, тараў пидайысы Жаңабай Артықов 61 жасында дүнядан өтти.

Ж.Артықов пүткил саналы өмири даўамында, аўыл хожалығының ең машақатлы тармақларынан бири болған суў хожалығы тараўында күни-түни пидайылық пенен мийнет етти.

Ж.Артықов 1982-1988-жылларда Ташкент аўыл хожалығын ирригациялаў ҳәм механизациялаў инженерлери институтында оқып билим алды.

Дәслепки, мийнет жолын 1988-1994-жылларда Бозатаў районы Суў хожалығы бирлеспесиниң бас қанигеси лаўазымында жумыс ислеўден баслаған болса, жыллар даўамында топланған билим ҳәм тәжирийбеси кәсибине болған пидайылығының нәтийжесинде 1994-1999-жылларда Бозатаў көшпели механизацияланған калоннасы бас инженери, 1999-2000-жылларда Бозатаў районы Аўыл ҳәм суў мәселелери бойынша орынбасары, 19 жыл даўамында Еркиндәрья аўыл хожалығы кәсип-өнер колледжиниң директоры лаўазымында жумыс ислеген болса, 2019-жылдан баслап өмириниң соңғы демине шекем Бозатаў районы Ирригация бөлими баслығы лаўазымында жумыс иследи.

Бозатаў районындағы тарихый қурылыс, «Әмиўдәрья» дәрьясының ПК-900 бөлиминде суў шығарыў насос агрегатларын орнатыў бойынша алып барылып атырған көлемли жумысларды шөлкемлестириўде аянбай хызмет етти.

Ж.Артықов биймезгил қайтыс болыўына байланыслы марҳумның шаңарақ агзаларына туўған-туўысқанларына терең қайғырыў менен кеўил айтамыз.

Кишипейил, ҳақ кеўилли инсан, аўыл хожалығының пидайысы Ж.Артықовтың жарқын келбети ядымызда мәңги сақланып қалады.

Бозатаў районы ҳәкими М.Кайпанов, район нураныйлары ҳәм белсендилери.

Соңғы жаңалықлар