Мәжбүрий орынлаў бюросының Елликқала районы бөлими орынлаў ис жүритиўинде Елликқала районы МСИның 15.03.2021 жылдағы қарыздар «Ellikqal'a paxta tozalash AJ»дан өндириўши ҚР мәмлекетлик салық инспекциясы пайдасына 1 млрд. 534,6 млн. сўм салық ҳәм басқа мәжбүрий төлемлерди өндириў ҳаққындағы орынлаў ҳүжжети бар болып, бул бойынша тийисли тәртипте мәжбүрий орынлаў ҳәрекетлери алып барылған. Мәжбүрий орынлаў ҳәрекетлери даўамында, қарыздардың банк есап санларына тийисли тәртипте инкасса төлеў тапсырмалары жиберилип, баланстағы «Дамас-2» автотранспорты ҳәм де пахта қабыллаў орны тийисли тәртипте қатланған.
Усы мүлклер тийисли тәртипте баҳалатылып, электрон онлайн-аукционларды шөлкемлестириў орайына аукцион саўдасын шөлкемлестириў ушын жиберилген ҳәм 06.12.2021 жылда 462,06 млн. сўмға сатылған.
Буннан тысқары, алып барылған мәжбүрий ҳәрекетлери нәтийжесинде, усы жылдың 5-январь күни 1 млрд 103,2 млн. сўм пул өндирилген.
Нәтийжеде, келип түскен пуллар орнатылған тәртип шеңберинде өндириўши ҚР мәмлекетлик салық инспекциясы пайдасына өткерилип берилди ҳәм орынлаў ҳүжжетиниң орынланыўы жуўмақланды.
