Мәжбүрий орынлаў ҳәрекетлери барысында, қарыздар тәрепинен алимент напақасы жумыс орнынан өз ўақтында ҳәм толық муғдарда төленип келинген.
Сондай-ақ, бөлим мәмлекетлик орынлаўшылары тәрепинен қарыздар Ж.О.ға алимент напақасын алдыннан төлеў шәртлери түсиндирилгенде, өндириўши Г.Қ. менен өз-ара келисип, перзентиниң 18 жасқа шекемги алимент пулларын, яғный есаплап берилген 35 млн. 705,5 мың сўм напақасын алдын ала төлеп берди ҳәм усы себепли өндириўши Г.Қ. тәрепинен алименттен ўаз кешкенлигин билдирип илтимасанама менен мүрәжат етти.
Нәтийжеде, бөлим мәмлекетлик орынлаўшысы тәрепинен, усы орынлаў хаты жүзесинен пуқаралык ислери бойынша Шымбай районлараралық судына қыскартыў мәселесин көриў ушын усыныс жиберилди.
