Нөкис қаласындағы аўыр аймақлардыӊ инфраструктурасын жақсылаў бойынша тийисли мәкеме-шөлкемлер менен биргеликте кеӊ көлемли жумыс басланды. Онда пайтахтымыздағы Жаӊа базар ҳәм Шымбай гүзары мәкан пуқаралар жыйынлары аймақлары халқы турмысында ушырасып атырған машқалаларды басқышпа-басқыш шешиў, энергетика, коммуникация ҳәм ишки хожалық жолларын оӊлаў бойынша ўазыйпалар белгилеп алынып, жумыслар баслап жиберилди.

Қарақалпақстан Республикасы Автомобиль жоллары бас басқармасы тийисли мәкемелер менен биргеликте аймақ ишки хожалық жолларында қурылыс-оӊлаў жумысларын алып барып атырған болып ҳәр еки мәкан пуқаралар жыйынында да жумыслар системалы шөлкемлестирилген.
Айтып өтиў орынлы, қайырқомлық жолы менен әмелге асырылып атырған жумысларда барлық тийисли шөлкемлер бир жағадан бас шығарып, биргеликте жумыс алып бармақта.
Бул бағдардағы абаданластырыў ҳәм қурылыс-оӊлаў ислери пайтахтымызда еле де даўам етеди.
Қарақалпақстан Республикасы Автомобиль жоллары бас басқармасы мәлимлеме хызмети








