logo

Өзбекстан дунья мәмлекетлери ортасында халық саны бойынша 43-орынды ийеледи

Мәмлекетлик статистика комитетиниң БМШның халық санын үйрениў фонды мағлыўматларына көре, Өзбекстан турақлы халық саны бойынша 43-орынды ийелеген.

Статистикалық мағлыўматларға көре, Өзбекстан Республикасында 2022-жыл 1-январь жағдайына турақлы халық саны 35 271,3 мың адамды қурайды, өткен жылға салыстырғанда 712,4 мың адамға яки 2,1 процентке көбейди.

Тең рәўиште ҳаяллар саны 346,6 мыңға яки 2.0 процентке, еркеклер саны 365,7 мыңға яки 2,1 процентке көбейген

БМШның есаплаўына көре, 2021-жыл 1-январь жағдайына көре халық саны 7 875 адамды қурайды. Соннан Өзбекстан турақлы халық саны бойынша 43-орынды ийеледи.

Соңғы жаңалықлар