logo

Жыл даўамында Өзбекстандағы судлар қандай жумысларды питирди?

​Өткен бир жыл даўамында Өзбекстандағы барлық судлар тәрепинен 1 млн 185 231 ис көрип шығылған. Бул хаққында судлардың 2021-жыл даўамындағы искерлиги жуўмағына бағышланған баспасөз конференциясында Жоқары суд басшысының биринши орынбасары Робахон Махмудова мәлим етти.

Судлар тәрепинен көрилген 1 млн 185 231 истиң 47 659ы жынаят ислери бойынша судларға, 428 869 басқарыу судларға, 518 112 пуқаралық ислери бойынша судларға ҳәм 175 445 экономикалық судларға туўры келмекте. Сондай-ақ, 15 146 ғалабалық даўлардан келип шығыушы ислер көрилген.

Өткен жылдың сәйкес дәўирине салыстырғанда пуқаралық ислер көлеми 78 процентке , экономикалық ислер 68 процентке, жынаят ислери 57 процентке артқанын көриў мүмкин.

Жазылыўына қарағанда, Жоқарғы судта кассация тәртибинде көрилген жәми 13 612 истиң 7884 жынаят ислери бойынша, 1336 басқарыў ислери бойынша ҳәм 1 140 экономикалық ислер бойынша судлаў комиссиялары тәрепинен көрилген.

Буннан тысқары, өз алдына қурамалы тайпадығы ҳәм мәмлекет әҳмийетине ийелик етиў дәрежедеги 32 ис Жоқарғы судта биринши инстанция тәртибинде көрилип, ис жүзинен жуўмақлаўшы қарар қабыл етилген.

Еслетип өтемиз, 2021-жылда Өзбекстанда 2 мың 345 жынаят иси бойынша 2 мың 804 лаўазымлы шахслар жынайый жуўапкершиликке тартылған.

Сондай-ақ, жынайый жуўапкершиликке тартылған лаўазымлы шахслардың 1 741 шахс өзгениң мүлкин өзлестириў ҳәм растрата қылыў жолы менен талан-тараж етиў, 153 шахс пара алыў, 168 шахс ҳәмел ўәкилликлерин кери мақсетте пайдаланыў, 42 шахс ҳәмел кепиллиги шеңберинен шетке шыгыў, 41 шахс ҳәмел жалғанлығы, 12 оахс пара бериў ҳәм 378 шахс басқа жынаятларды ислеген.

Соңғы жаңалықлар