logo

Өзбекстанда жалғыз тергеў информация системасы белгиленеди

​"Исти судқа шекем жүргизиўде жалғыз мәкемелер аралық электрон бирге ислесиў системасын белгилеў ис-илажлары ҳаққында"ғы Президент қарары (ПҚ—105-сан,28.01.2022 ж.) қабыл етилди. Қарарға көре, сорастырыў ҳәм дәстлепки тергеў органлары искерлигин цифрластырыў ҳәмде исти судқа шекем жүргизиў мәселелери бойынша "Электрон сорастырыў ҳәм дәстлепки тергеў" жалғыз информация системасы (Жалғыз тергеў системасы) жәрияланады.

Жалғыз тергеў информация системасы арқалы исти судқа шекем жүргизиў мәселелеринде электрон ҳүжжет алмасыў төмендегилер тәрепинен әмелге асырылады:

Ишки ислер министрлиги;

Бас прокуратура;

Мәмлекет қәўипсизлик хызмети;

Бас прокуратура жанындағы Экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў департаменти ҳәм Мәжбүрий орынлаў бюросы;

Мәмлекет бажыхана комитети;

Миллий гвардияның сорастырыў ҳәм тергеў органлары.

Жалғыз тергеў информация системасының басқа информация системалары менен интеграцияласыўы, оның үзликсиз ислеўи, информация қәўипсизлигин тәмийинлениўи ушын Бас прокуратура жуўапкер есапланады.

Қарар менен Жалғыз тергеў информация системасы шеңберинде сорастырыў ҳәм тергеў органлары менен электрон бирге ислесиўди әмелге асырыўшы мәмлекет органлары ҳәмде шөлкемлер дизими тастыйықланды.

Соған көре, физикалық ҳәм юридикалық шахслар ҳаққындағы бар болған мағлыўматлар сорастырыў ҳәм тергеў органларының электрон сораўы бойынша бийпул тийкарда усынылады.

Қарарға муўапық, Мәжбурий орынлаў бюросының 2022-жыл 1-майдан Жалғыз тергеў информация системасы сынаў версиясы, 2022-жыл 1-августтан толық версиясы иске түсириледи.

Сорастырыў ҳәм тергеў органлары хызметкерлериниң цифрли саўатқанлығы ҳәм билимин асырыў, оларды информация технологиялары ҳәм информация қәўипсизлиги бойынша оқытыў Ташкент информация технологиялары университети ҳәм оның филиаллары негизинде шөлкемлестириледи.

Соңғы жаңалықлар