Ферғана ўәлаятының Қува районында жайласқан базарда 1 февраль күни өрт келип шықты. Бул ҳаққында АЖМ баспасөз хызмети хабар берди.Мәлим қылыныўынша, 1 февраль күни саат 06:23 да «Ғалаба» МПЖ, Бўстон көшесинде жайласқан Қува саўда комплексинде (базар) шама менен 25 кийим-кеншек дүканы жанып кеткен.
Өрт өшириў экипажлары ўақыя жерине саат 06:27да жетип барып, өрт 07:10 да қоршап алынған ҳәм саат 07:37 да өширилген. Ўақыя жерине ўәлаят ҳәмда район АЖБлары баслық хызметкерлери ҳәм 11 өрт қутқарыў экипажы қосылған.
Бул жағдай ақыбетинде пуқаралардың дене жарақатын алыў ҳәм қайтыс болыў жағдайлары белгиленбеген. Ҳәзирде өрт себепли ҳәм келтирилген зыян муғдары анықланбақта.
