Республикамыз бойынша аўыр аймақлардыӊ социаллық турмысында ушырасып атырған машқалаларды шешиў бойынша ҳәкимликлер ҳәм тийисли уйымлар менен биргеликте қурылыс-оӊлаў, абаданластырыў жумыслары кеӊ көлемли түрде алып барылып атыр. Усындай ийгиликли басламалар Тақыятас районында да жүргизилип атырған болып, аўыр аймақлар қатарына кирген Қусшылық мәкан пуқаралар жыйыны ишки хожалық жоллары да оӊланып атыр. Қайырқомлық жолы менен әмелге асырылып атырған қурылыс-оӊлаў жумысларында Тақыятас районы жоллардан пайдаланыў унитар кәрханасы мийнеткешлери белсендилик пенен жумыс алып бармақта.
Қарақалпақ Автожол
