logo

Журналистлерге басым еткен лаўазымлы шахсларға жаза күшейттириледи

​Ғалаба хабар қуралларының рөли ҳәм журналистлердиң кәсибий искерлигин жәнеде күшейттириў бойынша ҳүжжет жойбары ислеп шығылады.

Мәмлекет дәстүрине көре, Информация ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги 2022-жыл апрелге шекем усы жойбарды талқылаўға қойыўы керек. Бунда пуқараларды қыйнап атырған машқалалар ҳәмде реформалардың пайдалылығын асырыў, үйрениўде ҒХҚлары менен бирге ислесиў тәртиби белгиленеди.

Сондай-ақ ҒХҚ искерлигине нызамсыз араласқанлығы ҳәм тосқынлық қылғанлығы, соның менен бирге лаўазымлы шахслар тәрепинен цензура орнатыў, редакция хызметкерлерине басым өткизиў, материаллар ҳәм техник қуралларды олардан нызамсыз рәўиште алып қойыў ҳәрекетлерин ислегенлиги ушын жуўапкершилик және де күшейттириледи.

Мағлыўмат орнында, 2021-жыл ноябрда Журналистлер дөретиўшилик аўқамы баслығы Олимжон Осаров Ташкенттеги миллий баспасөз орайында журналистлердиң искерлигине тосқынлық қылыў ҳәм оған басым өткизгенлиги ушын жуўапкершилик белгилениўин айтқан ҳәм бул нызам жойбары 2021-жылдың ақырына шекем қабыл етилиўи күтилип атырған еди.

Соңғы жаңалықлар