logo

Қарақалпақстан Республикасы Ишки Ислер Министрлигинде баспасөз конференcиясы болып өтпекте

​Бугин Қарақалпақстан Республикасы Ишки Ислер Министрлигинде 2021-жыл даўамында жынаятшылыққа қарсы гүресиў ҳәм ҳуқықбузарлықлар профилактикасы жөнелисинде әмелге асырылған жумыслар бойынша баспасөз конференcиясы болып өтпекте. 

Қарақалпақстан Республикасы Ишки Ислер уйымлары тәрепинен өткен 2021-жылда жынаятлардың алдын алыў бағдарында кең көлемли илажлар әмелге асырылды. 66 шахс тәрепинен исленген коррупция ҳәм экономика тараўындағы 56 жынаят ашылып, олар ақыбетинде жеткерилген 1 млрд 176 млн 783 мың сумлық зыян өндирилди.

Ишки ислер уйымлары тәрепинен хызмет көрсетиў бағдарында 52 мың 786 пуқараға ID паспорт, 212 мың 240 пуқараға сырт елге шығыў биометрик паспорты, 72 мың 486 пуқараға айдаўшылық гуўалығы рәсмийлестирип берилди ҳәм 23 мың 920 шет ел пуқарасы есапқа алынды.

Соңғы жаңалықлар