Бүгин Нөкис районындағы «Арбашы» аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы «Саманбай» аўылынан 50 орынлыққа мөлшерленген шаңарақлық мәмлекетлик емес мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми пайдаланыўға тапсырылды.Бақшаныӊ ашылыў салтанатында районлық Ишки ислер бөлим баслығы С.Казбеков, районлық мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў бөлими баслығыныӊ кекселер ҳәм ветеранларды қоллап-қуўатлаў ҳәм жәмийетлик белсендилигин арттырыў бойынша орынбасары Ж.Қайпов, «Арбашы» аўыл пуқаралар жыйынындағы ҳәким жәрдемшиси С.Абатовалар шығып сөйлеп, жыйналғанларды жаңа имараттың ашылыўы менен қутлықлады ҳәм жеткиншеклеримизди тәрбиялаўшы тәрбияшылардың машақатлы жумысларында табыслар тиледи. Ашылыў салтанатында дәстүрий лента кесилип, илаж қатнасыўшылары бақшаның ишки имканиятлары менен жақыннан танысты.
Мағлыўмат ушын айтып өтиў керек, «Арбашы» аўыл пуқаралар жыйынындағы «Саманбай» аўылында 200ден аслам хожалық болып, бул бақшаныӊ иске түсиўи менен аймақтағы 5 ҳаял-қызлар жумыс пенен тәмийинленди.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы
