logo

Мәмлекетимизде оқыў процесслери дәстүрий формаға өткериледи.

Соңғы күнлерде мәмлекетимизде коронавирус инфекциясы менен кеселлениў жағдайлары кемейиўи гүзетилмекте. 

Кеселликтиң тарқалыў дәрежеси 0,8 ди қурамақта (ЖДСШ қәнигелериниң пикирине көре 1,0 ге шекем болса жағдай турақлы екенлигин аңлатады).

Республика арнаўлы комиссиясы тәрепинен мәмлекетимизде коронавирус кеселлиги бойынша бир қатар унамлы нәтийжелерди инабатқа алған ҳалда бир қатар ис-иләжларды әмелге асырмақта. 

Атап айтқанда, 2022-жыл, 7-февральдан баслап улыўма билимлендириў мектеплери, профессионал, кәсип-өнер оқыўы ҳәм жоқары оқыў орынлары, академиялық лицейлер ҳәмде мәмлекетлик емес шөлкемлеринде оқыў процесслери дәстүрий формаға өткериледи. 

Бунда, бәрше оқыў шөлкемлеринде нықап тағыў, социаллық аралықты сақлаў, жеке гигиена қағыйдаларына қатаң әмел етиў ҳәм антицептик қуралларынан пайдаланыў талап етиледи. 

Денсаўлықты сақлаў министрлиги Мәлимлеме хызмети

Соңғы жаңалықлар