logo

Ташкент ўәлаятында мектеп оқыўшысын поезд басып кетти

Ташкент ўәлаятында 6-класс оқыўшыны жүк тасыўшы поезд басып кетти ҳәм ўақыя орнында қайтыс болды.
Транспорт ҳәм туризм обьектлеринде қаўипсизликти тәмийинлеў департаменти баспасөз хызметиниң UzNews'ке хабар бериўине қарағанда, ўақыя 11 сентябрь күни «Жалоир-Кучлук» темир жол бәндиргилери аралығы 20 километри 7-тосықта жүз берген.

23-санлы мектептиң 6-класс оқыўшысы болған ул баланы абайсызлығы ақыбетинде поезд басып кеткен ҳәм бала ўақыя орнында қайтыс болған.

14 сентябрь күни Ташкент региони темир жол транспортында қаўипсизликти тәмийинлеў басқармасы хызметкерлери бул бахытсыз ҳәдийсе бойынша мектепте жыйналыс өткерген.

Соңғы жаңалықлар